Luke 6:6-11
6Ийса басқа бир Шаббат күни мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. Сол жерде оң қолы ләң бир адам бар еди. 7Диний муғаллимлер менен парисейлер Ийсадан айып табыў ушын, Шаббат күни аўырыўларға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. 8Бирақ Ийса олардың усы ойын билип, қолы ләң адамға: – Орныңнан турып, ортаға шық, – деди. Ол орнынан турып, ортаға шықты. 9Сонда Ийса оларға: – Сизлерге бир сораў берейин: нызам бойынша Шаббат күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деди ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Олар үндемеди».
. 10Ийса әтирапындағылардың ҳәммесине қарап шықты да, қолы ләң адамға: – Қолыңды соз, – деди. Ол солай ислегенде, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. 11Сонда олар қатты ашыўға минип, Ийсаға не ислеў керек екенин өз ара кеңесе баслады.
Copyright information for
KaaIBT22C