Luke 8:4-8
Туқым себиўши туўралы тымсал
(Мат 13:1-9; Мрк 4:1-9)
4Ҳәр түрли қалалардан адамлар келип, көп халық жыйналғанда, Ийса тымсал менен сөз баслады: 5– Бир туқым себиўши өз туқымын себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, аяқ астында басылып қалыпты. Аспандағы қуслар оларды шоқып, жеп қойыпты. 6Гейбиреўлери таслақ жерге түсип, көгерип шығыпты. Бирақ ығаллық аз болғанлықтан, қуўрап қалыпты. 7Гейбиреўлери тикенлер арасына түсип, тикенлер олар менен бирге өсип, туншықтырып таслапты. 8Ал басқалары өнимли жерге түсип, өсип шығыпты ҳәм жүз есе зүрәәт берипти. Ийса усыларды айтып болғаннан соң даўыслап: – Қулағы бар адам жақсылап еситип алсын! – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C