Mark 1
Яқыяның жол таярлаўы
(Мат 3:1-12; Лук 3:1-18; Юхн 1:19-28)
1Қудайдың Улы Ийса Масийхтың ▼▼ Масийх – «Басына май қуйылған адам» деген мәнисти аңлатады. Қудай ўәде еткен Қутқарыўшы. Сөзликке қараң.
Хош Хабарының басланыўы. 2Ийшая пайғамбардың китабында ▼▼ Ийшая пайғамбардың китабында – Базы қолжазбаларда «Пайғамбарлардың китабында».
былай деп жазылған: «Мине, Мен алдыңнан хабаршымды жиберемен,Ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды ▼.
3Шөл далада бақырған бир даўыс еситиледи:
„Ийемизге жол таярлаңлар,
Оның жүретуғын жолларын дүзетиңлер!“» ▼
4Яқыя шөл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды ▼
▼ Суўға шомылдырыў – грек тилинде «баптизо». Бул рәсим адамлардың Қудайдың алдында тәўбе етип, таза өмирди баслаўының нышаны.
. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди. 5Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды. 6Яқыя түйе жүнинен кийим кийип, белине тери қайыс тағып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди. 7Ол халыққа жәриялап: – Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен. 8Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады, – деди. Ийсаның шомылдырылыўы
(Мат 3:13-17; Лук 3:21-22)
9Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды. 10Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептер пишининде Өзиниң үстине түскенин көрди. 11Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! ▼ – деген саза еситилди.Ийсаның сыналыўы
(Мат 4:1-11; Лук 4:1-13)
12Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге апарды. 13Ийса шөлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти.Ийсаның Өз хызметин баслаўы
(Мат 4:12-17; Лук 4:14-15)
14Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Қудайдың Хош Хабарын жәриялап: 15– Ўақыт болды, Қудайдың Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип, Хош Хабарға исениңлер! – деди.Ийсаның дәслепки шәкиртлери
16Ийса Галила көлиниң жағасы менен баратырғанда, көлге аў салып жүрген Шимонды ҳәм оның иниси Андрейди көрди. Олар балықшылар еди. 17Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар ▼▼ Адамларды аўлайтуғын аўшылар – Қудайдың жолына түсириўшилер.
қыламан, – деди. 18Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди. 19Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды көрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди. 20Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди. Ийсаның жинди қуўып шығарыўы
(Лук 4:31-37)
21Олар Капарнаҳум қаласына келди. Шаббат күни Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, тәлим бере баслады. 22Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Өз бийлиги менен тәлим берди. 23Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол: 24– Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Қудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады. 25Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Үниңди өшир де, оннан шығып кет! – деди. 26Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти. 27Ҳәмме таң қалысып, өз ара: – Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлимат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести. 28Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды.Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи
(Мат 8:14-17; Лук 4:38-41)
29Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Шимон ҳәм Андрейдиң үйине келди. 30Шимонның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди. 31Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти. 32Қуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди. 33Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды. 34Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған көп адамларға шыпа берди ҳәм көп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сөйлеўине рухсат бермеди, өйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди.Ийсаның Галиладағы ўазы
35Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты ҳәм аўлақ жерге барып, дуўа етти. 36Шимон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты. 37Оны тапқаннан соң, Оған: – Ҳәмме Сени излемекте, – дести. 38Ол жуўап берип: – Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди. 39Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды.Ийсаның тери кеселлигине шалынған адамға шыпа бериўи
(Мат 8:1-4; Лук 5:12-16)
40Тери кеселлигине шалынған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан өтинип: – Егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деди. 41Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. 42Сол ўақытта-ақ сол адам тери кеселлигинен қутылып, тазаланды. 43Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де: 44– Абайлы бол, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, ▼ – деди. 45Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмай қалды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.
Copyright information for
KaaIBT22C