Mark 2
Ләң адамның шыпа табыўы
(Мат 9:1-8; Лук 5:17-26)
1Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келди. Адамлар Оның үйде екенин еситкенде, 2жыйналған адамның көплигинен есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Қудайдың сөзин айтып отырғанда, 3төрт адам бир ләң адамды көтерип, Оған алып келди. 4Бирақ адам көп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса отырған үйдиң төбесин ашып, ләң адамды төсеги менен төменге түсирди. 5Ийса олардың исенимин көрип, ләң адамға: – Балам, гүналарың кеширилди! – деди. 6Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен: 7«Ол неге Қудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Қудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады. 8Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар? 9Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, төсегиңди алып жүр», – деў ме? 10Бирақ, Адам Улының ▼▼ Адам Улы – Ийса Масийх Өзин көбинесе усылай атады, сөзликке қараң.
жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға: 11– Саған айтаман: орныңнан тур да, төсегиңди алып, үйиңе бар! – деди. 12Адам орнынан турды да, дәрриў төсегин алып, адамлардың көз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Қудайды мақтап: – Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени көрген жоқ едик, – дести. Лебийдиң шәкирт болыўы
(Мат 9:9-13; Лук 5:27-32)
13Ийса және көл жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди. 14Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди ▼ көрди де, оған: – Мениң изиме ер! – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди. 15Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, көплеген салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Өйткени Оның изине ериўши бундай адамлар көп еди. 16Парисейлер ▼▼ Парисейлер – Ийсаның заманында яҳудий халқының күшли диний топары.
арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын көрип, Оның шәкиртлерине: – Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди. 17Буны еситкен Ийса: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди. Ораза ҳаққында сораў
(Мат 9:14-17; Лук 5:33-39)
18Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип: – Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады. 19Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў өзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды. 20Бирақ, олардан күйеў тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады. 21Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жуўғанда жаңа жамаў қысқарып, ески кийимнен жыртылып қалады ҳәм жыртық бурынғысынан бетер болады. 22Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те жарамсыз болып қалады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди.Шаббат күни ҳаққында тартыс
(Мат 12:1-8; Лук 6:1-5)
23Бир Шаббат күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады. 24Парисейлер Ийсаға: – Қара, олар не ушын Шаббат күнинде ислеўге болмайтуғын исти ▼ ислеп атыр, – деди. 25Ийса оларға: – Өзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма? 26Ол бас руўханий Абиятардың заманында Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, усынылған нанларды өзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? ▼ – деди. 27Ол және: – Адам Шаббат күни ушын емес, ал Шаббат күни адам ушын жаратылған. 28Сонлықтан Адам Улы Шаббат күниниң де ийеси, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C