Mark 3
Ийсаның қолы ләң адамға шыпа бериўи
(Мат 12:9-14; Лук 6:6-11)
1Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди. 2Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, Шаббат күни сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. 3Ийса қолы ләң адамға: – Ортаға шық, – деди. 4Соңынан олардан: – Нызам бойынша Шаббат күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди. 5Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға: – Қолыңды соз, – деди. Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. 6Бирақ парисейлер сыртқа шыға сала дәрриў Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың тәрепдарлары менен тил бириктире баслады.Теңиз жағасындағы халық
7Ийса Өз шәкиртлери менен көлдиң жағасына шықты. Оған Галиладан көп халық ерип жүрди. Яҳудиядан, 8Ерусалимнен, Идумеядан, Иорданның арғы жағасынан ҳәм Тир менен Сидон әтирапынан жүдә көп адамлар Оның ислеген ислери ҳаққында еситип, Оған келди. 9Халық көп жыйналғанлықтан, Өзин тығылыстырмасын деп, Ийса шәкиртлерине қайық таярлаўды тапсырды. 10Себеби Ол көп адамларға шыпа бергенликтен, аўырыў адамлардың ҳәммеси Оған қолларын тийгизбекши болып, әтирапына тығылыса берди. 11Ҳәр қашан жаўыз руўхлар Ийсаны көргенде, Оның алдына жығылып: – Сен – Қудайдың Улысаң! – деп бақырысатуғын еди. 12Бирақ Ол Өзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қатаң қадаған ететуғын еди.Ийсаның он еки елшисин таңлаўы
(Мат 10:1-4; Лук 6:12-16)
13Ийса таўға шығып, Өзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди. 14– 15Өзи менен бирге болыў ушын, Қудайдың сөзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады. 16Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Шимон, 17Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан, 18Андрей, Филип, Бартоломей, Матта ▼, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Таддей, ўатансүйер Шимон 19ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.Ийса ҳәм Белзебүл
(Мат 12:22-32; Лук 11:14-23; 12:10)
20Соңынан Ийса үйге киргенде, және көп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды. 21Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын жолға шықты. Өйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди. 22Ерусалимнен келген диний муғаллимлер: – Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести. 23Сонда Ийса оларды Өзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сөйлей баслады: – Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады? 24Егер бир патшалық өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. 25Бир үй өз ишинен бөлинсе, ол қулайды. 26Егер шайтан өзине өзи қарсы шығып, өз ара бөлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени. 27Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады. 28Сизлерге шынын айтып турман: адамлардың ҳәр қандай гүнасы да, тил тийгизиўлери де кешириледи. 29Бирақ ким де ким Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, ҳеш қашан кеширилмейди. Ол мәңгиге гүналы болады. 30Ийса бул сөзлерди адамлардың: «Онда жаўыз руўх бар», – дегени себепли айтты.Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары
(Мат 12:46-50; Лук 8:19-21)
31Сонда Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар үйдиң сыртында турып, адам жиберип, Оны шақыртты. 32Әтирапында отырған аламан Ийсаға: – Анаң менен туўысқанларың келип, Сени сыртта шақырып тур, – деди. 33Ийса оларға жуўап қайтарып: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де, 34әтирапында отырғанларға қарап: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым! 35Ким де ким Қудайдың еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C