Mark 6
Насыралылардың Ийсаны тән алмаўы
(Мат 13:53-58; Лук 4:16-30)
1Ийса сол жерден шығып, Өзи өскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди. 2Шаббат күни болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған көп адамлар таң қалысып: – Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Оның қоллары усындай кәраматларды қалай ислемекте? 3Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Шимонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады. 4Ийса оларға: – Қәдирленбейтуғын пайғамбар болмайды, ол тек өз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди. 5Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады 6ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды.Ийсаның он еки шәкиртине тапсырма бериўи
(Мат 10:5-15; Лук 9:1-6)
Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди. 7Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди. 8Оларға: – Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар, 9аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды. 10Ол және: – Барған жериңизде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар. 11Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сөзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер ▼▼ Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сизлерге шынын айтаман, ҳүким күнинде Содом менен Гомораның аўҳалы сол қаланың аўҳалынан жақсырақ болады».
, – деди. 12Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди 13ҳәм көп жинлерди қуўып шығарып, көп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди. Шомылдырыўшы Яқыяның өлтирилиўи
(Мат 14:1-12; Лук 9:7-9)
14Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – өлимнен қайта тирилген шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе, 15базылар: «Бул – Илияс ▼», – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести. 16Ал буны еситкен Ҳирод: – Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди. 17Ҳирод адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслаған еди. Себеби ол өз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленген еди. 18Өйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди. 19Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны өлтирмекши болды, бирақ өлтире алмады. 20Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сөзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди. 21Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди. 22Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға: – Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди. 23Және де, қызға ант ишип: – Не тилесең де, ҳәтте, патшалығымның ярымына дейин болса да беремен, – деди. 24Қыз сыртқа шығып, анасына: – Не сорайын? – деди. Анасы: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди. 25Қыз асығыслық пенен дәрриў патшаға келди де: – Маған тап ҳәзир шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди. 26Патша буған қатты қыйналса да, қонақларының алдында ант ишкенлиги себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады. 27Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кесип алды да, 28табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди. 29Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды.Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы
(Мат 14:13-21; Лук 9:10-17; Юхн 6:1-14)
30Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм халыққа нелерди үйреткенин айтып берди. 31Ийса оларға: – Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди. Өйткени келип-кетиўшилер көп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди. 32Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз өзлери елсиз жерге кетти. 33Бирақ көп адамлар олардың кетип баратырғанын көрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди. 34Ийса қайықтан түскенде соншама халықты көрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға көп нәрселерди үйрете баслады. 35Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды. 36Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, өзлерине азық сатып алсын, – деди. 37Ийса оларға жуўап берип: – Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар: – Ырасында да, еки жүз динарға ▼▼ Еки жүз динар – бир динар жумысшының бир күнлик ис ҳақысы.
нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди. 38Ийса оларға: – Қанша наныңыз бар? Барып көриңлер, – деди. Олар билип келип: – Бес нан менен еки балық бар екен, – деди. 39Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бөлип, жасыл шөптиң үстине отырғызыўды буйырды. 40Халық жүзден, елиўден топарға бөлинип отырды. 41Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Қудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди. 42Олардың ҳәммеси жеп тойды. 43Аўысқан нан бөлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды. 44Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди. Ийсаның суўдың үсти менен жүриўи
(Мат 14:22-33; Юхн 6:15-21)
45Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Өзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Өзи халықты тарқатып жиберди. 46Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты. 47Кеш болғанда қайық көлдиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Өзи жағада еди. 48Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң ескек есиўге қыйналып атырғанын көрди. Таңғы төртлерде Ийса көлдиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан өтейин деп те қалды. 49Шәкиртлери көлдиң үсти менен киятырған Ийсаны көргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди. 50Өйткени ҳәммеси Оны көрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен, қорқпаңлар! – деди. 51Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты. 52Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди. 53Ийса ҳәм Оның шәкиртлери көлдиң арғы жағасына өтип, Геннесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды. 54Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып, 55пүткил дөгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды төсеклери менен әкеле баслады. 56Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Оған қол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.
Copyright information for
KaaIBT22C