Mark 1:29-34
Ийсаның көп адамларға шыпа бериўи
(Мат 8:14-17; Лук 4:38-41)
29Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Шимон ҳәм Андрейдиң үйине келди. 30Шимонның қәйин енесиниң ыссылығы көтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди. 31Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти. 32Қуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди. 33Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды. 34Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған көп адамларға шыпа берди ҳәм көп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сөйлеўине рухсат бермеди, өйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди.
Copyright information for
KaaIBT22C