Mark 10:32-34
Ийсаның Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында үшинши рет айтыўы
(Мат 20:17-19; Лук 18:31-34)
32Олар Ерусалимге көтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Өзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди: 33– Минекей, бизлер Ерусалимге қарай көтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер менен диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны өлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады. 34Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, өлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи.
Copyright information for
KaaIBT22C