Mark 11:12-14
Ийсаның әнжир ағашын ғарғаўы
(Мат 21:18-19)
12Келеси күни олар Бетаниядан шыққанда, Ийса аш болды. 13Ол алыстан жапырақлары менен қапланған бир әнжир ағашын көрип, оннан бир нәрсе табылар ма екен деп, қасына барды. Бирақ жемис беретуғын ўақты болмағанлықтан, жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппады. 14Сонда Ол ағашқа: – Буннан былай, мәңгиге сениң мийўеңнен ҳеш ким жемесин! – деди. Буны шәкиртлери де еситти.
Copyright information for
KaaIBT22C