Mark 11:15-19
Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы
(Мат 21:12-17; Лук 19:45-48; Юхн 2:13-22)
15Олар Ерусалимге келгенде, Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшыларды қуўып шығара баслады. Ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслады 16ҳәм Ибадатхананың ҳәўлиси арқалы ҳеш кимге ҳеш нәрсе алып өтиўге рухсат етпеди. 17Соңынан халыққа тәлим берип: – «Мениң Үйим ҳәмме халықлар ушын,Дуўа ететуғын үй деп аталады» ▼, –
деп жазылмаған ба? Ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар ▼, – деди. 18Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер буны еситип, Оны жоқ қылыўдың жолын изледи. Өйткени пүткил халық Ийсаның тәлимине таң қалысқанлықтан, олар Оннан қорқатуғын еди. 19Кеш болғанда, Ийса шәкиртлери менен қаладан шығып кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C