Mark 12:35-37
Масийх кимниң Урпағы?
(Мат 22:41-46; Лук 20:41-44)
35Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып: – Қалайынша диний муғаллимлер Масийхты Даўыттың Урпағы дейди? 36Даўыттың өзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген: «Жаратқан Ийе Ийеме айтты:„Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша,
Мениң оң жағымда отыр!“» ▼
37Даўыттың өзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның урпағы болады? – деп сорады. Көп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады.
Copyright information for
KaaIBT22C