‏ Mark 12:41-44

Жесир ҳаялдың садақасы

(Лук 21:1-4)

41Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың көбиси көп ақша салды. 42Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды. 43Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып:

– Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен көп салды.
44Себеби олардың ҳәммеси өз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн көрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C