‏ Mark 14:1-2

Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў

(Мат 26:1-5; Лук 22:1-2; Юхн 11:45-53)

1Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына
Қутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамы – сөзликке қараң.
еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип өлтириўдиң жолын излестирди.

2Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
Copyright information for KaaIBT22C