Mark 14:27-31
Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында
(Мат 26:31-35; Лук 22:31-34; Юхн 13:36-38)
27Ийса оларға: – Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды шаўып таслағанымда,Қойлар тарқап кетеди» ▼.
28Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди. 29Петр Оған: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди. 30Сонда Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди. 31Бирақ Петр қызып кетип: – Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Қалғанларының ҳәммеси де солай деди.
Copyright information for
KaaIBT22C