‏ Mark 14:66-68

Петрдиң Ийсадан таныўы

(Мат 26:69-75; Лук 22:56-62; Юхн 18:15-18, 25-27)

66Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди. 67Ол отқа жылынып отырған Петрди көрип, оған тигилип қарады да:

– Сен де сол насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.

68Бирақ Петр танып:

– Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Сол ўақытта қораз шақырды».
.
Copyright information for KaaIBT22C