Mark 15:16-20
Әскерлердиң Ийсаны масқаралаўы
(Мат 27:27-30; Юхн 19:2-3)
16Әскерлер Ийсаны ҳәким Пилаттың сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады. 17Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж өрип, басына салды. 18Соңынан: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады. 19Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти. 20Оны масқаралап болғаннан кейин, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Өз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
Copyright information for
KaaIBT22C