‏ Mark 16:14-18

Ийсаның шәкиртлерине тапсырмасы

(Мат 28:16-20; Лук 24:36-49; Юхн 20:19-23; Елш 1:6-8)

14Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине көринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Өйткени олар Оның тирилгенин көргенлерге исенбеген еди. 15Ийса оларға былай деди:

– Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар.
16Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи. 17Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сөйлейди. 18Қоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады.
Copyright information for KaaIBT22C