Mark 2:18-22
Ораза ҳаққында сораў
(Мат 9:14-17; Лук 5:33-39)
18Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип: – Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады. 19Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў өзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды. 20Бирақ, олардан күйеў тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады. 21Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жуўғанда жаңа жамаў қысқарып, ески кийимнен жыртылып қалады ҳәм жыртық бурынғысынан бетер болады. 22Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те жарамсыз болып қалады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C