Mark 2:23-28
Шаббат күни ҳаққында тартыс
(Мат 12:1-8; Лук 6:1-5)
23Бир Шаббат күни Ийса бийдай атызының арасынан өтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады. 24Парисейлер Ийсаға: – Қара, олар не ушын Шаббат күнинде ислеўге болмайтуғын исти ▼ ислеп атыр, – деди. 25Ийса оларға: – Өзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма? 26Ол бас руўханий Абиятардың заманында Қудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, усынылған нанларды өзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? ▼ – деди. 27Ол және: – Адам Шаббат күни ушын емес, ал Шаббат күни адам ушын жаратылған. 28Сонлықтан Адам Улы Шаббат күниниң де ийеси, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C