Mark 3:1-6
Ийсаның қолы ләң адамға шыпа бериўи
(Мат 12:9-14; Лук 6:6-11)
1Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди. 2Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, Шаббат күни сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды. 3Ийса қолы ләң адамға: – Ортаға шық, – деди. 4Соңынан олардан: – Нызам бойынша Шаббат күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди. 5Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға: – Қолыңды соз, – деди. Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды. 6Бирақ парисейлер сыртқа шыға сала дәрриў Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың тәрепдарлары менен тил бириктире баслады.
Copyright information for
KaaIBT22C