‏ Mark 3:13-19

Ийсаның он еки елшисин таңлаўы

(Мат 10:1-4; Лук 6:12-16)

13Ийса таўға шығып, Өзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди. 14 15Өзи менен бирге болыў ушын, Қудайдың сөзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады.

16Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Шимон, 17Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан, 18Андрей, Филип, Бартоломей, Матта
Матта – Лебий деп те танылған. Мат 9:9 қараң.
, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Таддей, ўатансүйер Шимон
19ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
Copyright information for KaaIBT22C