Mark 9:2-7
Ийсаның түр-түсиниң өзгериўи
(Мат 17:1-13; Лук 9:28-36)
2Арадан алты күн өткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси өзгерди. 3Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди. 4Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар көринип, Ийса менен сөйлесип турды. 5Петр Ийсаға: – Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди. 6Петр бул сөзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, өйткени шәкиртлер қатты қорқып қалған еди. 7Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым! ▼ Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
Copyright information for
KaaIBT22C