‏ Mark 9:30-32

Ийсаның және Өз өлими ҳәм қайта тирилиўи ҳаққында билдириўи

(Мат 17:22-23; Лук 9:43-45)

30Сол жерден шығып, олар Галила арқалы өтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи. 31Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип:

– Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны өлтиреди ҳәм өлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.

32Бирақ шәкиртлери бул сөзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты.
Copyright information for KaaIBT22C