Matthew 11:20-24
Тәўбе етпеген қалалар
20Соннан соң, Ийса кәраматларын көбирек ислеген қалаларды тәўбе етпегенлиги ушын айыплай баслады: 21– Ҳәсирет шегесең, Хоразин! Ҳәсирет шегесең, Бетсайда! Егер сизлерде исленген кәраматлар Тир ҳәм Сидон қалаларында исленгенинде, олар әлле қашан аза кийимин кийип, басына күл шашып, тәўбе еткен болар еди. 22Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Тир менен Сидонның аўҳалы сизлердиң аўҳалыңыздан жеңилирек болады. 23Ҳәй сен, Капарнаҳум, аспанға көтерилесең бе? Яқ, дозаққа қулатыласаң. Өйткени сенде болған кәраматлы ислер Содомда исленгенинде, ол бул күнге дейин сақланар еди. 24Ал Мениң саған айтатуғыным: ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде Содом қаласының аўҳалы сениң аўҳалыңнан жеңилирек болады.
Copyright information for
KaaIBT22C