‏ Matthew 12:38-42

Ийсадан кәраматлы белги көрсетиўин сораў

(Мрк 8:11-12; Лук 11:29-32)

38Сонда диний муғаллимлер менен парисейлердиң гейбиреўлери Ийсаға:

– Устаз! Сени Қудайдың жибергенлигин дәлиллейтуғын кәраматлы белги көрсетиўиңди қәлеймиз, – деди.

39Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап қайтарды:

– Жаман ҳәм опасыз әўлад кәраматлы белги талап етпекте. Бирақ оған Юнус пайғамбардың кәраматлы белгисинен басқасы көрсетилмейди.
40Юнустың үлкен балықтың ишинде үш күн, үш түн болғанындай, Адам Улы да жер қойнында үш күн, үш түн болады. 41Ниневия турғынлары ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Өйткени Юнус жәриялағанда, олар тәўбе етти . Бирақ бул жерде Юнустан да уллы Биреў бар. 42Қубладағы ҳаял патша ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күни усы әўлад пенен бирге орнынан турып, бул әўладтың адамларын айыплайды. Себеби ол Сулайманның даналығын еситиў ушын, жер бетиниң арғы шетинен келген еди . Бирақ бул жерде Сулайманнан да уллы Биреў бар.
Copyright information for KaaIBT22C