‏ Matthew 12:9-14

9Ийса ол жерден кетип, олардың мәжилисханасына кирди. 10Сол жерде бир қолы ләң адам бар еди. Парисейлер Ийсаны айыпламақшы болып, Оған былай деп сораў қойды:

– Шаббат күнинде аўырыў адамға шыпа бериў нызамға туўры келе ме?

11Ийса оларға:

– Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң жалғыз ғана қойы болса, ол Шаббат күни бир шуқырға түсип кетсе, оны шығарып алмай ма?
12Адам қойдан гөре, анағурлым артық емес пе? Демек, Шаббат күни жақсылық ислеў нызамға туўры келеди, – деди.

13Соңынан Ол қолы ләң адамға:

– Қолыңды соз! – деди.

Адам қолын созғанда, екиншисиндей сап-саў болып қалды.
14Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады.
Copyright information for KaaIBT22C