‏ Matthew 21:12-13

Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы

(Мрк 11:15-19; Лук 19:45-48; Юхн 2:13-22)

12Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшылардың ҳәммесин қуўып шығарды да, ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслап, 13оларға:

– «Мениң Үйим дуўа ететуғын үй деп аталады» , – деп Мухаддес Жазыўда жазылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! – деди.
Copyright information for KaaIBT22C