Matthew 21:12-17
Ийсаның Ибадатханадан сатыўшыларды қуўыўы
(Мрк 11:15-19; Лук 19:45-48; Юхн 2:13-22)
12Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшылардың ҳәммесин қуўып шығарды да, ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслап, 13оларға: – «Мениң Үйим дуўа ететуғын үй деп аталады» ▼, – деп Мухаддес Жазыўда жазылған, ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар! ▼ – деди. 14Ибадатханада Ийсаның қасына соқырлар ҳәм ақсақлар келгенде, Ол оларға шыпа берди. 15Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ол ислеген кәраматларды ҳәм Ибадатханада: «Даўыттың Урпағына ҳосанна!» – деп бақырысқан балаларды көрип, ашыўланып қалды да, 16Оған: – Олардың не деп атырғанын еситип турсаң ба? – деди. Ийса оларға: – Аўа! Сизлер: «Нәрестелер ҳәм емизиўли балалардың аўзынан, Өзиңе мақтаўлар айтқыздың» ▼, – деп Мухаддес Жазыўда айтылғанды ҳеш оқымағансызлар ма? – деди. 17Соннан соң, Ийса оларды қалдырып, қаладан шығып кетти ҳәм Бетанияға барып, сол жерде түнеди.
Copyright information for
KaaIBT22C