‏ Matthew 21:23-27

Ийсаның бийлиги ҳаққында сораў

(Мрк 11:27-33; Лук 20:1-8)

23Ийса Ибадатханаға кирип, тәлим берип отырғанда, Оған бас руўханийлер менен халық ақсақаллары келип:

– Бул ислерди қандай бийлик пенен ислеп жүрсең ҳәм бундай бийликти Саған ким берди? – деп сорады.

24Ийса жуўап қайтарып:

– Мен де сизлерге бир сораў берейин. Егер оның жуўабын берсеңлер, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман.
25Яқыя адамларды шомылдырыў ушын қаяқтан бийлик алды? Аспаннан ба ямаса адамлардан ба? – деди.

Олар өз ара ойласып: «Егер „аспаннан“десек, Ол бизлерге: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, – дейди.
26Ал егер „адамлардан“десек халықтан қорқамыз: ҳәммеси де Яқыяны пайғамбар деп есаплайды!» – дести.

27Сонлықтан олар Ийсаға:

– Билмеймиз, – деп жуўап берди.

Ол:

– Ондай болса, Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
Copyright information for KaaIBT22C