Matthew 26:1-5
Ийсаны өлтириў ушын тил бириктириў
(Мрк 14:1-2; Лук 22:1-2; Юхн 11:45-53)
1Ийса усы сөзлердиң ҳәммесин айтып болғаннан кейин, Өз шәкиртлерине: 2– Енди еки күннен соң, Қутқарылыў байрамы ▼▼ Қутқарылыў байрамы – сөзликке қараң.
болатуғынын билесизлер. Сонда Адам Улы атанақ ағашқа шегелениўге услап бериледи, – деди. 3Сол ўақытта бас руўханийлер ҳәм халық ақсақаллары Каяфа деген бас руўханийдиң ҳәўлисине жыйналды. 4Олар Ийсаны ҳийле менен қолға түсирип өлтириў ҳаққында мәсләҳәтлести. 5Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
Copyright information for
KaaIBT22C