Matthew 26:14-16
Яҳуданың сатқынлығы
(Мрк 14:10-11; Лук 22:3-6)
14Соңынан Ийсаның он еки шәкиртиниң бири Яҳуда Исқариот деп аталған адам бас руўханийлерге барып: 15– Ийсаны сизлерге услап берсем, маған не бересизлер? – деп сорады. Олар оған отыз гүмис теңге усынды. 16Яҳуда да сол ўақыттан баслап Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
Copyright information for
KaaIBT22C