‏ Matthew 26:31-35

Петрдиң Ийсадан таныўы ҳаққында

(Мрк 14:27-31; Лук 22:31-34; Юхн 13:36-38)

31Сонда Ийса оларға:

– Бул түни ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Өйткени Мухаддес Жазыўда былай деп айтылған: «Шопанды шаўып таслағанымда,
Сүриўдеги қойлар тарқап кетеди» .

32Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.

33Петр Оған жуўап берип:

– Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен, – деди.

34Ийса оған:

– Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.

35Петр Оған:

– Маған Сениң менен бирге өлиўге туўра келсе де, мен Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди.

Басқа шәкиртлериниң ҳәммеси де солай деди.
Copyright information for KaaIBT22C