‏ Matthew 26:57-58

Ийса жоқарғы кеңес алдында

(Мрк 14:53-65; Лук 22:54-55, 63-71; Юхн 18:13-14, 19-24)

57Ийсаны қолға алғанлар Оны Каяфа деген бас руўханийге апарды. Ол жерге диний муғаллимлер менен ақсақаллар жыйналған еди. 58Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисине дейин узақтан ерип барды ҳәм соңын көриў ушын ишке кирип, сақшылар менен бирге отырды.
Copyright information for KaaIBT22C