Matthew 26:71-75
71Ол дәрўазаға қарай баратырғанда оны басқа бир шоры қыз көрип, сол жердегилерге: – Мына адам насыралы Ийса менен бирге болған-ғо, – деди. 72Ол ант ишип: – Мен ол Адамды танымайман, – деп және танды. 73Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге жақынлап келип, оған: – Ырасында да, сен солардың бирисең. Бул сениң сөйлегениңнен анық билинип тур, – деди. 74Сонда Петр: – Шынын айтып турман, алдасам нәлет жаўсын, мен ол Адамды танымайман, – деп ант ишти. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды. 75Сонда Ийсаның: «Қораз шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сөзи Петрдиң есине түсти. Ол сыртқа шығып кетип, өкирип жылады.
Copyright information for
KaaIBT22C