‏ Matthew 28:16-20

Уллы тапсырма

(Мрк 16:14-18; Лук 24:36-49; Юхн 20:19-23; Елш 1:6-8)

16Он бир шәкирти Галилаға, Ийсаның өзлерине айтқан таўына барды. 17Олар Ийсаны көргенде, Оған сыйынды, бирақ гейбиреўлери гүманланды. 18Сонда Ийса олардың қасына келип:

– Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген.
19Сонлықтан да барып, барлық халықларды Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, 20Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди.
Copyright information for KaaIBT22C