Matthew 3:13-17
Ийсаның шомылдырылыўы
(Мрк 1:9-11; Лук 3:21-22)
13Сонда Ийса Яқыя тәрепинен шомылдырылыў ушын Галиладан Иордан дәрьясына, Яқыяның қасына келди. 14Бирақ Яқыя Оны иркип: – Сениң қолыңнан шомылдырылыўға мен мүтәжбен-ғо! Сен неге маған киятырсаң? – деди. 15Бирақ, Ийса оған жуўап берип: – Енди ыразы бол, пүткил ҳақлықты ▼▼ Пүткил ҳақлық – Қудайдың ерки.
бизлер усылайынша орынлаўға тийислимиз, – деди. Соннан соң, Яқыя Оған қайылшылық берди. 16Ийса шомылдырылып, дәрриў суўдан шықты. Мине, аспан ашылып, Ол Қудайдың Руўхының Өзиниң үстине кептер пишининде түсип киятырғанын көрди. 17Сонда аспаннан: – Бул – Мениң сүйикли Улым, Мен Оған ырзаман! – деген саза еситилди.
Copyright information for
KaaIBT22C