Matthew 7:7-11
Сораңлар, излеңлер, есикти қағыңлар!
(Лук 11:9-13)
7– Сораңлар, сизлерге бериледи. Излеңлер, табасызлар. Есикти қағыңлар, ол сизлерге ашылады. 8Өйткени сораған ҳәр бир адам алады, излеген табады, есик қаққанға ашылады. 9Сизлердиң араңызда улы нан сораса, тас беретуғын адам бар ма? 10Я болмаса, балық сораса, оған жылан беретуғын бар ма? 11Өзлериңиз жаман бола тура, балаларыңызға жақсы сыйлар бериўди билсеңиз, онда аспандағы Әкеңиз Өзинен сорағанларға қаншелли көп ийгиликлер береди!
Copyright information for
KaaIBT22C