Matthew 8:1-4
Ийсаның тери кеселлигине шалынған адамға шыпа бериўи
(Мрк 1:40-45; Лук 5:12-16)
1Ийса таўдан түскенде, изине көп халық ерди. 2Сонда Оның қасына тери кеселлигине шалынған бир адам келип, аяғына жығылды да: – Ийем, егер Сен қәлесең, мени кеселликтен тазалай аласаң, – деди. 3Ийса қолын созып, оған тийгизди де: – Қәлеймен, тазалан! – деди. Тери кеселлигине шалынған адам сол ўақытта-ақ тазаланып шыпа тапты. 4Ийса оған: – Абайлы бол, буны ҳеш кимге айтпа! Бирақ руўханийге барып өзиңди көрсет те, тери кеселлигинен тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, ▼ – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C