Matthew 9:14-17
Ораза ҳаққында сораў
(Мрк 2:18-22; Лук 5:33-39)
14Сол ўақытта Яқыяның шәкиртлери келип, Ийсадан: – Бизлер де, парисейлер де жийи-жийи ораза тутамыз, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады. 15Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта қайғыра ала ма? Бирақ, олардан күйеў тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, сонда олар ораза тутады. 16Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жуўғанда жаңа жамаў қысқарып, ески кийимнен жыртылып қалады ҳәм жыртық бурынғысынан бетер болады. 17Жаңа шарапты да ҳеш ким ески меске қуймайды. Олай етсе, мес жарылып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылады, сонда екеўи де сақланады, – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C