Micah 1
1Яҳуда патшалары Иотам, Ахаз ҳәм Хизкия ҳүкимдарлық еткен ўақытлары морешетли Миха пайғамбарға Самария ҳәм Ерусалим ҳаққында аян болып, Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:Самария ҳәм Ерусалимниң ҳүким етилиўи
2Ҳәй, пүткил халықлар, қулақ салың!Ҳәй, жер жүзи ҳәм оны толтырып турғанлар, тыңлаң!
Қудай Ийе Өз мухаддес Ибадатханасынан сизлерге қарсы гүўалық береди.
3Мине, Жаратқан Ийе Өз мәканынан шығып келер,
Жер жүзине түсип, таўлар төбеси менен жүрер.
4Сонда мум отта ерип кеткениндей,
Таўлар Оның аяғы астында ерип кетер.
Төбешиклерден суў ағып түскениндей,
Олар ойпатлыққа қарай төгилер.
5Булардың барлығы Яқып урпағының көтерилиси,
Израил халқының гүналары себепли болар.
Яқып урпағының көтерилисине ким жуўапкер?
Олардың бас қаласы Самария емес пе?
Яҳудадағы сыйыныў орынларға ким жуўапкер?
Бас қала Ерусалим емес пе?
6Сол себептен Жаратқан Ийе былай дейди:
«Самарияны қырдағы тас үйинине,
Жүзим егилетуғын жерге айландыраман,
Тасларын ойпатлыққа төгип,
Қаланың тийкарын жалаңашлайман.
7Самарияның барлық бутлары бөлек-бөлек етип сындырылар,
Табынатуғын орынлардағы бузықшылық пенен жыйналған саўғалар жандырылар.
Бутлардың барлығын жоқ етемен.
Бузықлық жолы менен жыйналған саўғалар,
Басқа журттағы бузықларға төлем етип алып кетилер».
8Мен, усы себепли жылап, дад саламан,
Жалаңаяқ ҳәм жалаңаш жүремен,
Сағалдай уўылдап, қайғыраман,
Үкидей бозлап, аҳ ураман.
9Себеби Самарияның жарасына шыпа жоқ,
Бул жара Яҳудаға да жуқты,
Жетип келди ол халқымның дәрўазасына, ҳәттеки, Ерусалимниң өзине.
10Бул хабарды душпанымыз Гатқа еситтирмең!
Олардың алдында көз жасыңызды төкпең!
Бейт-Лафрада қайғыдан топыраққа аўнаң!
11Ҳәй, Шафир халқы,
Жалаңаш ҳәм шерменде ҳалында сүргинге кетесиз.
Саанан турғынлары қалаларынан шықпайды,
Бейт-Эсел турғынлары жоқлаў айтып, жас төгеди,
Енди Бейт-Эсел сизлерге жәрдем бере алмайды.
12Марот турғынлары қутқарылыўды,
Сабырсызлық пенен күткен еди,
Бирақ Жаратқан Ийе жиберген апат,
Ерусалимниң дәрўазасына жетип келди.
13Ҳәй, Лахиш турғынлары, атларыңызды саўаш арбаларына қосың,
Қыз Сионды гүнаға баслаған сизлер боласыз.
Өйткени сизлер Израилдан өрнек алып, гүна иследиңиз.
14Солай екен, ҳәй, Яҳуда халқы,
Морешет-Гатқа саўғаларыңызды берип, хошласа бериң.
Жәрдем күтер Израил патшалары Ахзиб қаласынан,
Бирақ олар алданды.
15Ҳәй, Мареша турғынлары,
Жаратқан Ийе қалаңызды басқыншылардың қолына тапсырады,
Израилдың уллы басшылары Адулламдағы үңгирге жасырынады.
16Ҳәй, Яҳуда халқы, сүйикли балаларыңыз ушын,
Қайғырып, шашларыңызды алдырың,
Қузғынның басындай етип, тықырлатып таслаң.
Себеби сүргин етилер балаларыңыз.
Copyright information for
KaaIBT22C