Micah 2
Жарлыларды езгенлердиң жазаланыўы
1Жынаят қылыўды ойлайтуғынлар,Ҳәттеки төсегинде жатқанда,
Жаўызлық жобаластыратуғынлар, ҳәсирет шегесиз!
Таң атқанда, олар дүзген жобасын жүзеге асырады.
Себеби олардың соны ислеўге күши жетеди.
2Кеўли күсеген атызларды ийелеп,
Зорлық пенен үйлерди тартып алады.
Олар шаңарақларды езип, мийрас жерлерин басып алып атыр.
3Сол себепли Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мен бул халыққа сондай бир апат таярлап атырман,
Буннан ҳеш бириңиз қашып кете алмайсыз.
Басыңызды көтерип, жүре алмайсыз,
Себеби сондай апатшылық заман келеди.
4Сол күн келгенде, сизлерди масқаралап,
Сизлер ҳаққында мынадай қайғылы жыр айтылады:
„Бизлер пүткиллей ўайран болдық!
Жаратқан Ийе халқымыздың бары-жоғын басқаларға үлестирди,
Жерлеримизди сатқынларға тарқатып берди“».
5Соның ушын, Жаратқан Ийениң халқы қайтадан жерди бөлискенде,
Ҳеш бириңиз шек бойынша үлес жер алмайсыз.
6Олардың пайғамбарлары:
«Булар ҳаққында пайғамбаршылық етпе,
Ондай пайғамбаршылықты тоқтат,
Бизлер болмаймыз шерменде», – дейди.
7Ҳәй, Яқыптың нәсили,
«Жаратқан Ийениң сабыры таўысылған ба екен?
Ол усындай ислерди қылар ма еди?» – деп айтыўыңыз орынлы ма?
Жаратқан Ийениң сөзлери туўры жүрген адамға,
Жақсылық алып келмей ме?
8Жаратқан Ийе былай дейди:
«Жақында өз халқыңызға душпандай зулымлық қылдыңыз!
Саўаштан қайтқан адамлардай қәўетерсиз жүргенлерди аңлып,
Олардың ийниндеги шапанын тартып алдыңыз.
9Халқымның ҳаялларын жағымлы үйлеринен шығарып жибердиңиз,
Жас балалардың несийбесин мәңгиге қырқып тасладыңыз.
10Қәнекей, турың, кетиң бул жерден!
Артық аман-есенлик таба алмайсыз бул елден!
Өйткени гүнаңыз себепли елиңиз толық ўайран болды».
11Жалған сөйлейтуғын өтирикши келип:
«Сизлерге шарап ҳәм өткир ишимлик мол болады, деп пайғамбаршылық қыламан», – десе,
Ол бул халықтың пайғамбары саналады!
Үмит ўәдеси
12Жаратқан Ийе былай дейди:«Бирақ ҳәй, Яқып урпағы,
Мен ҳәммеңизди сөзсиз жыйнайман,
Қалған израиллыларды топлайман.
Қорадағы қойлардай, жайлаўдағы сүриўдей етип,
Жыйнайман сизлерди бир жерге.
Сонда толып тасар елиңиз адамларға».
13Қудай оларға жол ашады,
Тутқынлықтан азат етеди.
Қала дәрўазасынан шығып кетеди.
Патшаңыз болған Жаратқан Ийе оларға жетекши болып, алдында жүреди.
Copyright information for
KaaIBT22C