Micah 4
Жаратқан Ийениң басқарыўы
1Ақырғы күнлер келгенде,Жаратқан Ийениң Үйи қурылған таў,
Барлық таўлардан жоқары болып,
Ҳәмме төбешиклерден мәртебели болар.
Ығып барар ол жерге халықлар.
2Көп миллетлер келип, былай дейди:
«Келиңлер, Жаратқан Ийениң таўына шығайық,
Яқыптың Қудайының Үйине кирейик.
Ол бизлерге Өз жолларын үйретсин,
Бизлер Оның жолынан жүрейик».
Өйткени нызам шығар Сионнан,
Жаратқан Ийениң сөзи келер Ерусалимнен.
3Көп халықларды Жаратқан Ийе ҳүким қылар,
Жақын ҳәм узақтағы күшли миллетлер арасындағы,
Жәнжеллерин шешип берер.
Олар қылышлардан пазналар соғар,
Найзалардан орақлар ислер.
Бир-бирине қылыш көтермес халықлар,
Саўаш қылыўды енди үйренбес олар.
4Ҳәр ким өз жүзимзарының, әнжир ағашының астында тыныш жасайды,
Ҳеш ким оларға абай етпейди.
Буны Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Өзи айтады.
5Барлық халықлар өз қудайларына ерсе де,
Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң жолынан мәңги-бақый жүремиз.
Израил халқы сүргиннен қайтып келеди
6«Сол ақырғы күнлер келгенде,– дейди Жаратқан Ийе, –
Жыйнап аларман қырғынға ушырағанларды,
Топлайман қуўғын болғанларды,
Азапқа дуўшар еткенлеримди.
7Қырғынға ушырағанларды аман сақлайман,
Қуўғын болғанлардан күшли халық дөретемен,
Сол күннен баслап, мәңгиге Мен, Жаратқан Ийе,
Сион таўында оларға ҳүкимдарлық қыламан.
8Ҳәй, сүриўдиң гүзетиў минарасы,
Қыз Сионның қорғаны,
Ҳүкимдарлығың өзиңе қайтар,
Ҳәй, қыз Ерусалим, патшалығың қайта тикленер».
9Ерусалим, неге сен дад салып, зарлайсаң?
Патшаң болмағаны ушын ба?
Толғақ тутқан ҳаялдай неге азап шегесең?
Мәсләҳәтшиң өлгени ушын ба?
10Ҳәй, қыз Сион, туўып атырған ҳаял сыяқлы,
Аҳ урып, өзиңди ҳәр тәрепке тасла.
Себеби қаладан шығып, шөл далаларға барып қоныслайсаң,
Кейин Бабилонияға әкетилип, сүргин етилесең.
Бирақ ол жерде сен азатлық табасаң,
Қутқарады сени Жаратқан Ийе душпан қолынан.
11Деген менен, саған қарсы жыйналды бир талай миллетлер,
Сен ҳаққында былай деп айтады олар:
«Келиңлер, Сионды хорлайық,
Басына түскенлерин тамаша қылайық».
12Бирақ билмейди олар Жаратқан Ийениң нийетин,
Оларды қырманға апарылатуғын дән баўларындай жыйнап атыр,
Оның усы жобасын олар түсинбейди.
13Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәй, қыз Сион, тур да, оларды басқылай басла!
Себеби темирден қыларман сениң шақларыңды,
Қоладан ислеймен сениң туяқларыңды,
Езип, майдалап таслайсаң көп халықларды.
Бағышлайсаң Маған алған олжаларыңды,
Пүткил жер жүзиниң Ийеси болған Жаратқан Ийеге».
Copyright information for
KaaIBT22C