‏ Micah 5

1Ҳәй, Ерусалим, әскерлериңди топла!
Душпанлар бизди қамал қылды.
Олар таяқ пенен Израил ҳүкимдарының бетине урды.

Бейтлеҳемнен шығатуғын көсем

2Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәй, Эфрата аймағындағы Бейтлеҳем,
Яҳудадағы қалалардың кишкенеси болсаң да,
Израилды Мениң атымнан басқаратуғын көсем сеннен шығады.
Оның нәсили заманның басланыў дәўирине барып тақалады».
3Соның ушын, ҳәмиледар ҳаял көз жарып, уллы болғанға дейин,
Жаратқан Ийе Израил халқын душпанларға тәслим қылады.
Кейин сол сүргиндеги қалған туўысқанлары қайтып,
Израил халқына қайта қосылады.
4Ол келип, Жаратқан Ийеден алған күши менен,
Қудайы Жаратқан Ийениң атының уллылығы менен,
Сүриўин бағады.
Пүткил дүнья оның уллылығын тән алады.
5Тынышлық орнатыўшы ол болады.

Қутқарылыў ҳәм тазаланыў

Ассириялылар елимизге ҳүжим етип,
Қорғанларымызды жарып өткенде,
Оларға қарсы жети жетекши ҳәм сегиз басшы тайынлаймыз.
6Олар Ассирия жерлерине қылыш пенен,
Нимрод жерлерине қанжар менен ҳүкимдарлық етеди.
Ассириялылар елимизге ҳүжим етип, шегарамызға кирип келсе,
Бизлерди усы көсем қутқарады.
7Көп халықлар арасында,
Яқып халқының қалғанлары,
Жаратқан Ийениң жиберген шығындай,
Майса шөплердиң үстине жаўған жаўындай болады.
Олар адамзатқа ғәрезли болмайды,
Ҳеш кимнен жәрдем де күтпейди.
8Көп миллетлер ишинде, көп халықлар арасында,
Яқып халқының қалғанлары,
Тоғай ҳайўанлары арасындағы арысландай,
Қой сүриўи арасына кирип алған,
Жыртқыш арысландай болады.
Жүрген жолларында ҳәммеге күтилмегенде тасланады.
Олардың қолынан ҳеш ким қутқара алмайды.
9Ҳәй, Израил, душпанларыңды жеңесең,
Барлық душпанларың қырылып кетеди.

10«Сол күни, – дейди Жаратқан Ийе, –
Атларыңызды қырып таслайман,
Саўаш арбаларыңызды сындырып таслайман.
11Ўайран қыламан елиңиздеги қалаларды,
Жер менен жексен қыламан барлық қорғанларыңызды.
12Сыйқыршылыққа шек қояман,
Араңызда бирде бир палкер қалдырмайман.
13Жоқ қыламан бут ҳәм кийели тасларыңызды,
Артық табынбайсыз қолларыңыз бенен ислеген бутларыңызға,
14Араңыздағы кийели ағашларды қопарып таслайман,
Қалаларыңызды жер менен жексен қыламан.
15Маған бойсынбаған миллетлерге,
Өз қәҳәр ҳәм ғәзебимди төгип, өш аламан».
Copyright information for KaaIBT22C