‏ Micah 6

Жаратқан Ийениң Өз халқын айыплаўы

1Жаратқан Ийениң айтқан мына сөзине қулақ салың:
«Қәне, турың! Шағымыңызды таўлар алдында айтың,
Төбешиклер даўысыңызды еситсин».
2Ҳәй, таўлар Жаратқан Ийениң айыплаўына қулақ салың!
Ҳәй, жер жүзиниң беккем тийкарлары Оған қулақ түриң,
Себеби Жаратқан Ийе Өз халқына қарсы даўын айтар,
Израил халқы менен тартысар.
3Жаратқан Ийе былай дейди:
«Ҳәй, халқым, Мен саған не қылдым?
Қәне, жуўап бер, саған қандай аўырманлығым түсти?!
4Мысырдан сени алып шыққан едим,
Азат еткен едим қуллық мойынтырығынан.
Саған жолбасшы болсын деп,
Муўсаны, Харонды ҳәм Мәриямды жиберген едим.
5Ҳәй, халқым, Моаб патшасы Балақтың сизлерге қарсы жаўыз нийетин,
Беор улы Биламның оған қалай жуўап бергенин есле.
Шиттимнен Гилгалға дейинги болған ўақыяларды есле,
Сонда билип аласаң сени қандай етип қутқарғанымды».

Ҳақыйқый бойсыныўшылық

6Жаратқан Ийениң алдына не алып барайын?
Жоқарыдағы Қудайға қалай сыйынайын?
Оған арнап жандырылатуғын қурбанлық берейин бе?
Бир жасар тананы усынайын ба?
7Оған арнап мыңлап қошқарларды сойсам,
Зәйтүн майын дәрья қылып ағызсам,
Жаратқан Ийениң меннен кеўли толар ма екен?
Айыбым ушын туңғыш улымды берейин бе?
Гүнам ушын өз перзентимди қурбан етейин бе?
8Ҳәй, адамзат, нениң жақсы екенин,
Жаратқан Ийе билдирди саған,
Оның сеннен талап қылатуғыны ибаратдур мынадан:
Әдиллик қылып, сүйиспеншиликке садық бол,
Мүләйим болып, Қудай менен бирге жүр.

Израилдың гүнасы ҳәм жазасы

9Жаратқан Ийе қала халқына даўыслап былай дейди,
Оған қулақ салыў – даналықдур:
«Ҳәй, тыңлаң, халық ҳәм қала жәмийети!
10Үйлерин ҳарам байлық пенен толтырып атырғанларға,
Надурыс өлшемлерге қалай итибар бермейин.
11Тәрезиден жегенине,
Надурыс өлшем тас қолланғанына,
Қалай шыдай аламан?
12Зорлық қылады қаладағы байлар,
Жалатайдур қала халқы да,
Тиллеринен болса жалған сөзлер шығар.
13Соның ушын, Мен сизлерди ураман,
Гүналарыңыз ушын ўайран қыламан.
14Сизлер жейсиз, бирақ тоймайсыз,
Ҳәмме ўақытта аш қалады қарныңыз.
Зат жыйнайсыз, оны сақлай алмайсыз,
Жыйнап-тергениңизди қылыш пенен жоқ қыламан.
15Егесиз, бирақ орып алмайсыз,
Зәйтүн майын сығып аласыз,
Бирақ майдан үстиңизге сүрте алмайсыз,
Жүзим искенжеде жүзим сығасыз,
Бирақ оның шарабынан ише алмайсыз.
16Өйткени ердиңиз патша Омрийдиң үрп-әдетлерине,
Патша Ахабтың әўладының жаўыз қылмысларына.
Олардың мәсләҳәти менен жасадыңыз,
Сонлықтан Мен сизлерди қорқынышлы көриниске айландыраман.
Сизлерди көргенлердиң жаны түршигеди,
Барлық халықлардың алдында
Барлық халықлардың алдында – Әййемги грекше аўдармадан. Еврейше қолжазбаларда «Мениң халқымның алдында».
насаққа қаласыз».
Copyright information for KaaIBT22C