Nahum 2
Ниневияның қулаўы
1Басқыншылар бастырып киятыр, ҳәй Ниневия, қорғаныңды беккемле,Жолларды қадағала, белиңди беккем буўып, бар күшиңди жыйна.
2Душпанлары Израилды тас-талқан етип,
Жүзим бағларын ўайран еткен еди.
Бирақ Яқыптың алдынғы уллылығын қайта тиклегендей етип,
Жаратқан Ийе Израилдың уллылығын да қайта тиклейди.
3Ниневия, душпаныңның әскерлериниң қалқаны қып-қызылдур,
Ләшкерлериниң кийими қырмызы реңдур,
Саўаш арбалары саўаш күни жалындай жалтылдайды,
Найзалары ҳаўада шайқалып турады.
4Көшелер бойлап желип ушар саўаш арбалары,
Зуўылдайды қала майданларында арман-берман,
Жанып турған шом сыяқлы от шығарып, жылдырым сыяқлы жарқырайды.
5Сәркәрдасы ләшкербасыларын жыйнайды,
Алға басқанда, олар өз жолында асығады.
Қалқанларын өзлерине пана қылып,
Қала дийўалына жапырылады.
6Дәрья бөгетлери ашылады,
Сарай суў менен шайылып, жер менен жексен болады.
7Алдын ала жәрияланғандай сүргин етилер Ниневия,
Оның шорылары кептердей нала шегер,
Өкиништен олар көкирегине урар.
8Ниневия қаласы суўы жығып кеткен ҳәўиз яңлы,
Қашып кетер ишиндеги халықлар,
Артынан: «Тоқтаңлар, тоқтаңлар!» деп бақырар,
Бирақ қайрылып қарамас ҳеш ким артына.
9Тоналған гүмис пенен алтыны,
Таўысылмайды Ниневияның қымбатбаҳа затлары,
Ол толыдур ҳәр түрли ғәзийнеге.
10Қулады, жер менен жексен болып, ўайран болды Ниневия.
Қорқыныштан руўхлары түсип кетти,
Дизелери қалтырап, титиреп кетти денелери,
Солғын тартып, бозарды ҳәр бириниң жүзи.
11Не болып қалды арыслан инине уқсаған Ниневияға?
Арыслан өз балаларын баққан сол жерге.
Арыслан ҳәм ана арыслан жүрген ўақытта,
Қәўип-қәтерсиз еди олардың балалары.
12Арыслан жетерлише аң аўлаған еди балалары ушын,
Ана арыслан ушын олжаларын баўызлаған еди.
Аўлаған аўлары менен өз инин,
Олжалар менен толтырған еди өз уясын.
13Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Саған қарсыман, ҳәй, Ниневия! Саўаш арбаларыңды жандырып жиберемен. Күшли арысланларың қылыштан өледи. Ендигиден былай, сен тонаўшылық қыла алмайсаң. Хабаршыларыңның даўысы артық еситилмейди».
Copyright information for
KaaIBT22C