‏ Nahum 3

1Ҳәсирет шегесең, ҳәй, қоллары қан қала!
Жалғанға ҳәм талан-тараж етилген затларға толған қала.
Ол жердеги тонаўшылық ҳеш қашан таўысылмас.
2Еситилер қамшының тарсылдысы ҳәм дөңгелеклердиң дүсирлиси,
Шаўып баратырған ат туяқларының даўысы,
Саўаш арбаларының тасыр-тусырлысы.
3Ҳүжимге кирди атлы әскерлер,
Қылышлар жалт-жулт етер, найзалар жылтырар,
Үйилип кетти өли денелер,
Сансыз болып кетти өликлер,
Буларға сүрнигип атыр адамлар.
4Сен, суйық аяқлық пенен шексиз бузықшылық қылған сыйқыршы ҳаялсаң,
Бузықлығың менен халықларды өзиңе тутқын қылып,
Сыйқыршылығың менен өзиңе қул еткен едиң.
5Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди:
«Саған қарсыман, ҳәй Ниневия!
Мен сениң көйлегиңниң етегин жоқары көтерип,
Миллетлерге жалаңаш денеңди көрсетип,
Патшалықлардың алдында шерменде қыламан.
6Үстиңе тасланды таслап, сени хорлайман,
Адамларға тамаша боласаң сен.
7Сени ким көрсе де артқа шегинип, былай дейди:
„Ўайран болды Ниневия,
Ол ушын кимниң жаны ашыйды екен?“
Сени жубататуғын ҳеш ким жоқ».

8Мысырдың бас қаласы Но-Амоннан сениң қай жериң артық еди?
Дәрья бойында жайласқан еди сол қала да,
Суў менен қоршалып, қорғаны Нил дәрьясы еди,
Суўлар оның қорған дийўаллары болған еди.
9Хабашстан ҳәм Мысыр оның шексиз күшиниң булағы еди,
Пут ҳәм Ливия да оның аўқамласлары еди.
10Солай болса да, Тебес халқы сүргин етилип, тутқынға алып кетилди,
Ҳәр бир көшениң басында тасқа урып өлтирилди нәрестелери.
Ақсүйек беклери ушын шек тасланды,
Шынжыр менен кисенленди барлық уллы адамлары.
11Ҳәй, Ниневия, сен де мәс болып, тентиреклеп жүресең,
Сен де душпанларыңнан жасырынатуғын жер излейсең.
12Сениң барлық қорғанларың,
Әнжир ағашының биринши пискен мийўесине мегзер.
Ағашты силкиткенде, әнжирлер жейтуғынның аўзына түсер.
13Әскерлериңе қара! Ҳаял адамнан парқы жоқ олардың,
Дәрўазаларың душпанлар ушын кең ашылар.
От жағып жоқ қылды дәрўазаларыңның тәмбилерин.
14Қамалға түсетуғын ўақтың ушын суўыңды толтыр,
Беккемле қорғанларыңды!
Гербиш таярлаў ушын ылайды ийле,
Қуятуғын қәлиплериңди таярла.
15Бәри бир от жалмап сени жутып жибереди,
Қылыш сени қырып таслайды.
Шегирткелер егинлерди жеп жоқ қылғандай,
Душпанларың сени жоқ қылады.
Сизлер шегирткелердей көбейе бериңлер!
16Аспандағы жулдызлардан да көп саўдагерлериң,
Олар шегирткелер яңлы елиңди талан-тараж етер,
Кейин қанат қағып ушып кетер.
17Сениң ҳүкимдар ҳәм хызметкерлериң,
Суўық күнде дийўалларға қонатуғын,
Ал қуяш шыққанда ушып кетип, ғайып болатуғын шегирткелерге уқсайды.
18Ҳәй, Ассирия патшасы, ел басқарыўшыларың өлди,
Ақсүйеклериң болса, мәңги уйқыға кетти,
Тарап кетти халқың таўларға.
Оларды жыйнайтуғын ҳеш ким қалмады.
19Жарақатыңның даўасы жоқ, жараларың өлимге алып барар.
Сениң аўҳалыңды еситкен барлық адамлар,
Шадланып қолларын шаппатлар.
Өйткени сениң шексиз жаўызлығыңнан азап шекпеген адам бар ма еди?
Ҳеш ким қашып қутыла алмаған еди.
Copyright information for KaaIBT22C