‏ Nehemiah 1

Нехемияның дуўасы

1Хахалия улы Нехемияның сөзлери:

Персия патшасы Артаксеркстиң ҳүкимдарлығының жигирмаланшы жылының кислеў айында мен Суза қорған қаласында едим.
2Сонда туўысқанларымнан бири Хананий айырым адамлар менен бирге Яҳудадан келди. Мен олардан сүргиннен қутылып қалып, тири қалған яҳудийлер ҳәм Ерусалим қаласы туўралы сорадым. 3Олар маған сүргиннен қутылып қалып, Яҳуда ўәлаятында тири қалғанлардың қатты қыйыншылық ҳәм шерменделик аўҳалда қалғаны, Ерусалим дийўалларының ўайран етилип, дәрўазаларының өртеп жиберилгени туўралы айтып берди.

4Бул сөзлерди еситкенимде, отырып жыладым. Бир неше күн қайғыға батып жүрдим, ораза тутып, аспанның Қудайына былай деп дуўа еттим: 5«О, аспанның Қудайы Жаратқан Ийе! Сен уллы ҳәм айбатлы Қудайсаң! Сен Өзиңди сүйгенлер ҳәм буйрықларыңды орынлағанлар менен дүзген келисимиңе садық қаласаң. 6Қулыңның дуўасын еситиў ушын қулақларың түриўли, көзлериң ашық болғай. Енди Сениң алдыңда қулларың болған Израил халқы ушын күни-түни дуўа етип, олардың гүналары ушын тәўбе қыламан. Аўа, бизлер Сениң алдыңда гүна иследик, мен де, мениң әкемниң үй-иши де гүна иследи. 7Бизлер Сениң алдыңда қатты жеркенишли ислерди иследик. Сениң қулың Муўсаға берген буйрықларыңа, қағыйдалар ҳәм нызамларыңа бойсынбадық. 8Енди қулың Муўсаға берген мына сөзлериңди есиңе ала гөр: „Егер сизлер Маған опасызлық етсеңиз, Мен сизлерди халықлар арасына шашып жиберемен. 9Бирақ Маған қайтып келсеңиз ҳәм буйрықларыма бойсынып, оларды орынласаңыз, жердиң ең шетине қуўғын қылынған болсаңыз да, сизлерди ол жерден жыйнап аламан. Атымды орналастырыў ушын, таңлап алған жерге сизлерди алып келемен“.

10Израил халқы – Сениң қулларың ҳәм Өз халқың. Уллы қүдиретиң ҳәм күшли қолың менен оларды азат еткенсең. 11О, Ийем! Қулың болған мениң дуўама ҳәм Сениң атыңды ҳүрмет қылыўдан заўықланатуғын қулларыңның дуўасына қулақ түре гөр. Бүгин маған әўмет берип, патшада маған деген реҳим оята гөр».

Сол ўақытлары мен патшаның шарап қуйыўшысы едим.
Copyright information for KaaIBT22C