‏ Nehemiah 10

1Миннетлемеге мөр басқанлар мыналар еди:

Хахалия улы ҳәким Нехемия ҳәм Седекия.

2Руўханийлер:

Серая, Азария, Еремия,
3Пашхур, Амария, Малкия, 4Хаттуш, Шебания, Маллух, 5Харим, Меремот, Обадия, 6Даниел, Гиннетон, Барух, 7Мешуллам, Абия, Миямин, 8Маазия, Билгай, Шемая.

9Лебийлилер:

Азания улы Ешуа, Хенадад урпақларынан Биннуй, Қадмиел,
10олардың туўысқанлары: Шебания, Ҳодия, Келита, Пелая, Ханан, 11Миха, Рехоб, Хашабия, 12Заккур, Шеребия, Шебания, 13Ҳодия, Баний, Бенину.

14Халық басшылары:

Парош, Пахат-Моаб, Элам, Затту, Баний,
15Бунний, Азгад, Бебай, 16Адония, Бигўай, Адин, 17Атер, Хизкия, Аззур, 18Ҳодия, Хашум, Бетсай, 19Хариф, Анатот, Небай, 20Магпиаш, Мешуллам, Хезир, 21Мешезабел, Садоқ, Яддуа, 22Пелатия, Ханан, Аная, 23Ҳошеа, Ханания, Хашшуб, 24Ҳаллохеш, Пилха, Шобек, 25Рехум, Хашабна, Маасея, 26Ахия, Ханан, Анан, 27Маллух, Харим, Баана.

28Қалған халықтың ҳәммеси: руўханийлер, лебийлилер, дәрўаза қараўыллары менен Ибадатхана хызметшилери, қосықшылар, Қудайдың Нызамына муўапық басқа халықлардан бөлекленген ҳәр бир адам ҳаяллары ҳәм оқылғанды түсине алатуғын ул-қызлары менен бирге 29өз туўысқанларына, яғный ақсүйеклерге қосылып былай деп ант ишти: «Бизлер Қудайдың Өз қулы Муўса арқалы берген Нызамы бойынша жасаймыз, Ийемиз болған Жаратқан Ийениң барлық буйрықларына, нызам ҳәм қағыйдаларына толық бойсынамыз. Ал бойсынбағанларға нәлет жаўсын! 30Әтирапымыздағы халықлар менен қыз алып, қыз бериспеймиз. 31Егер әтираптағы халықлар Шаббат күни қандай да бир затын ямаса бийдайын сатыў ушын алып келсе, олардан Шаббат күни ямаса қандай да бир мухаддес күнде зат сатып алмаймыз. Ҳәр жети жылдың жетинши жылында бир рет жерди сүрмеймиз ҳәм қарызларымыздан кешемиз. 32Қудайымыздың Үйиндеги хызмет ушын жылына шекелдиң үштен бирин бериў миннетлемесин өзимизге аламыз. 33Бул ақша усынылған нанлар, күнделикли ғәлле садақалары, күнделикли жандырылатуғын қурбанлықлар, Шаббат күни, Жаңа ай байрамлары, белгиленген байрамлар, мухаддес садақалар, Израил урпақларын пәклеў ушын берилетуғын гүна қурбанлықлары ҳәм Қудайымыздың Үйиндеги басқа ислер ушын жумсалады. 34Бизлер – руўханийлер, лебийлилер ҳәм халық биргеликте шек таслаймыз. Ол арқалы Нызамда жазылғанына муўапық, Қудайымыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жағылатуғын отынды ҳәр жылы белгиленген ўақытта Қудайымыздың Үйине қайсы әўладтың алып келетуғынын белгилеп аламыз. 35Ҳәр жылы егинимиздиң ҳәм ҳәр бир мийўе ағашымыздың биринши өнимин Жаратқан Ийениң Үйине алып келемиз. 36Нызамда жазылғанындай, туңғыш улларымызды, малларымыздың биринши төллерин, сондай-ақ ири ҳәм майда малларымыздың биринши төллерин Қудайымыздың Үйине, сол жерде хызмет етип атырған руўханийлерге алып келемиз. 37Және қамырдың биринши зуўаласынан жабылған нанымызды, басқа өнимлеримизден берилетуғын садақалардың, барлық мийўе ағашларымыздың мийўелериниң, шараптың ҳәм зәйтүн майының дәслепки өнимлерин Қудайымыздың Үйиндеги затлар сақланатуғын бөлмеге қосыў ушын руўханийлерге беремиз. Ал жеримизден өнген өнимнен берилетуғын оннан бирин лебийлилерге беремиз. Себеби дийханшылық пенен шуғылланатуғын ҳәмме қалалардан алынатуғын оннан бирди лебийлилер жыйнайды. 38Лебийлилер оннан бирин жыйнап атырғанда, Харон урпағынан болған бир руўханий олардың қасында болады. Лебийлилер өзлери жыйнаған оннан бирден оннан бирин Қудайдың Үйиндеги затлар сақланатуғын бөлмеге береди. 39Израил халқы ҳәм лебийлилер бийдайдан, жаңа шараптан, зәйтүн майынан берилетуғын садақаларды сол затлар сақланатуғын бөлмелерге алып келеди. Ол жерде Мухаддесхана буйымлары сақланады. Сондай-ақ руўханийлер, дәрўаза қараўыллары ҳәм қосықшылар хызмет ўақтында сол жерде болады.

Бизлер Қудайымыздың Үйин қараўсыз қалдырмаймыз».
Copyright information for KaaIBT22C