‏ Nehemiah 11

Ерусалим турғынлары

1Халық басшылары мухаддес қала Ерусалимде қалып, сол жерге орналасты. Халықтың оннан бириниң мухаддес қалаға, Ерусалимге келип жасаўы ушын шек тасланды. Ал қалған тоғыз бөлеги өз қалаларында қалды. 2Және Ерусалимде жасап қалыўды қәлегенлердиң ҳәммесине халық пәтия берди.

3Деген менен, базы израиллылар, руўханийлер, лебийлилер, Ибадатхана хызметшилери, Сулайманның хызметшилериниң урпағынан болғанлар өз ийеликлеринде, Яҳуда қалаларында жасады. Ерусалимде жасайтуғын ўәлаят басшылары мыналар еди: 4Яҳуда ҳәм Бенямин урпақларынан базылары Ерусалимге орналасты.

Яҳуда урпақларынан: Перес нәсилинен Атая. Атая Уззия улы, Уззия Зехария улы, Зехария Амария улы, Амария Шефатия улы, Шефатия Маҳалалел улы еди.
5Шела нәсилинен Маасея. Маасея Барух улы, Барух Кол-Хозе улы, Кол-Хозе Хазая улы, Хазая Адая улы, Адая Иояриб улы, Иояриб Зехария улы еди. 6Перес урпақларынан 468 адам Ерусалимге орналасты. Олар батыр жаўынгерлер еди.

7Бенямин урпағынан:

Мешуллам улы Саллу. Мешуллам Иоед улы, Иоед Педая улы, Педая Қолая улы, Қолая Маасея улы, Маасея Итиел улы, Итиел Ешая улы еди.
8Саллуға Габбай ҳәм Саллай қосылып, ҳәммеси болып 928 адам болды. 9Зихрий улы Иоел оларға басшылық етти, ал Ҳассенуа улы Яҳуда қалада Иоелден кейинги екинши басшы еди.

10Руўханийлерден: Иояриб улы Едая, Яхин, 11Қудайдың Үйиниң бас хызметшиси Серая. Серая Хилкия улы, Хилкия Мешуллам улы, Мешуллам Садоқ улы, Садоқ Мерайот улы, Мерайот Ахитуб улы еди. 12Олардың Қудайдың Үйинде хызмет ететуғын туўысқанларының саны 822 адам.

Ерохам улы Адая. Ерохам Пелалия улы, Пелалия Амсий улы, Амсий Зехария улы, Зехария Пашхур улы, Пашхур Малкия улы еди.
13Адаяның әўлад басшылары болған туўысқанлары барлығы болып 242 адам.

Азарел улы Амашсай. Азарел Ахзай улы, Ахзай Мешиллемот улы, Мешиллемот Иммер улы еди.
14Амашсайдың батыр жаўынгер болған туўысқанлары 128 адам. Олардың басшысы Ҳаггедолим улы Забдиел еди.

15Лебийлилерден: Хашшуб улы Шемая. Хашшуб Азриқам улы, Азриқам Хашабия улы, Хашабия Бунний улы еди. 16Лебийлилердиң басшыларынан Шаббетай ҳәм Иозабад. Олар Қудайдың Үйиниң сыртқы ислери менен шуғылланатуғын еди. 17Миха улы Маттания тәрийиплеў дуўасын алып барыўшы бас жетекши еди. Миха Забдий улы, Забдий Асаф улы еди. Маттанияның туўысқанларынан бири Бақбуқыя оннан кейинги екинши дәрежели хызметши еди. Және де, Шаммуа улы Абда да бар еди. Шаммуа Галал улы, Галал Едутун улы еди. 18Мухаддес қалада жасайтуғын лебийлилер барлығы болып 284 адам еди.

19Дәрўаза қараўыллары:

Дәрўазаларда Аққуб, Талмон ҳәм олардың туўысқанлары нәўбетшилик ететуғын еди. Олар ҳәммеси болып 172 адам еди.

20Израиллылардың, руўханийлердиң ҳәм лебийлилердиң қалғанлары Яҳуданың барлық қалалары бойлап, өз үлесине тийген жерде жасады.

21Ибадатхана хызметшилери Офел төбешигинде жасады. Оларды Сиха менен Гишпа басқарды.

22Лебийлилердиң Ерусалимдеги басшысы Баний улы Уззий болып, Баний Хашабия улы, Хашабия Маттания улы, Маттания Миха улы еди. Уззий Қудайдың Үйинде қосық айтыў хызметин атқарып келген Асафтың урпақларынан еди. 23Патшаның қосықшыларға берген айрықша пәрманы бар еди. Қосықшыларға ҳәр күн ушын белгиленген муғдарда қаржы ажыратылған еди.

24Яҳуда улы Зерах урпақларынан Мешезабел улы Петахия Израил халқына байланыслы барлық ислерде Персия патшасының кеңесшиси болды.

Ерусалимниң сыртындағылар

25Яҳуда урыўының айырым адамлары өз атызларына жақын жердеги қалаларда жасап қалды. Олар: Кирят-Арбада ҳәм оған тийисли аўылларда, Дибонда ҳәм оған тийисли аўылларда, Еқабсеелде ҳәм оған тийисли аўылларда, 26Ешуада, Моладада, Бейт-Пелетте, 27Хасар-Шуалда, Беер-Шебада ҳәм оған тийисли аўылларда, 28Сиклагта, Мехонада ҳәм оған тийисли аўылларда, 29Эн-Риммонда, Сорада, Ярмутта, 30Заноахта, Адулламда ҳәм оған тийисли аўылларда, Лахиште ҳәм оған тийисли атызларда, Азеқада ҳәм оған тийисли аўылларда жасап қалды. Олар Беер-Шебадан Ҳинном ойпатлығына шекемги жерлерге орналасты.

31Бенямин урпақлары Геба, Михмас, Айя, Бейт-Эл ҳәм оның әтирапындағы аўылларда, 32Анатот, Ноб, Анания, 33Хасор, Рама, Гиттайым, 34Хадид, Себоим, Небаллат, 35Лод, Оно ҳәм Ге-Харашим ойпатлығында жасады. 36Яҳуда жеринен келген лебийлилердиң айырым топарлары беняминлилер арасына орналасты.
Copyright information for KaaIBT22C