Nehemiah 12
Руўханийлер менен лебийлилердиң дизими
1Шеалтиел улы Зеруббабел ҳәм бас руўханий Ешуа менен бирге сүргиннен қайтып келген руўханийлер менен лебийлилер мыналар еди: Руўханийлер: Серая, Еремия, Эзра, 2Амария, Маллух, Хаттуш, 3Шекания, Рехум, Меремот, 4Иддо, Гиннетон, Абия, 5Минямин, Моадия, Билга, 6Шемая, Иояриб, Едая, 7Саллу, Амоқ, Хилкия, Едая. Булар Ешуаның дәўиринде өзлериниң изиндеги барлық руўханийлерге басшылық еткен еди. 8Лебийлилер: Ешуа, Биннуй, Қадмиел, Шеребия, Яҳуда ҳәм Маттания. Маттания өз туўысқанлары менен бирге тәрийиплеў қосықларын алып барыў исине жуўапкер еди. 9Ал олардың туўысқанлары Бақбуқыя менен Унний хызмет ўақтында олардың қарсы алдында туратуғын еди. 10Бас руўханий болған Ешуа Иоякимниң әкеси еди. Иояким Эляшибтиң әкеси, Эляшиб Иояданың әкеси, 11Иояда Юхананның әкеси, Юханан Яддуаның әкеси еди. 12Бас руўханий Иояким дәўиринде әўлад басшылары болған руўханийлер мыналар еди: Серая нәсилинен Мерая, Еремия нәсилинен Ханания, 13Эзра нәсилинен Мешуллам, Амария нәсилинен Еҳоханан, 14Маллух нәсилинен Ионатан, Шекания нәсилинен Юсуп, 15Харим нәсилинен Адна, Меремот нәсилинен Хелқай, 16Иддо нәсилинен Зехария, Гиннетон нәсилинен Мешуллам, 17Абия нәсилинен Зихрий, Минямин нәсилинен бир басшы, Моадия нәсилинен Пилтай, 18Билга нәсилинен Шаммуа, Шемая нәсилинен Еҳонатан, 19Иояриб нәсилинен Маттенай, Едая нәсилинен Уззий, 20Саллу нәсилинен Қаллай, Амоқ нәсилинен Эбер, 21Хилкия нәсилинен Хашабия, Едая нәсилинен Нетанел. 22Бас руўханийлер болған Эляшиб, Иояда, Юханан ҳәм Яддуаның ўақтында, Персия патшасы Дарийдиң ҳүкимдарлығы дәўиринде, лебийли әўлад басшыларының ҳәм руўханийлердиң дизими жазып қойылды. 23Эляшиб улы Юхананның заманына дейинги лебийли әўлад басшыларының дизими жылнама китабына жазылды. 24Лебийли басшылардан Хашабия, Шеребия ҳәм Қадмиел улы Ешуа бир тәрепте, олардың туўысқанлары қарсы тәрепте турып, Қудайдың адамы болған Даўыттың көрсетпесине муўапық, гезекпе-гезек алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еди. 25Маттания, Бақбуқыя, Обадия, Мешуллам, Талмон ҳәм Аққуб нәўбет пенен дәрўаза қараўыллары болып, Ибадатхана дәрўазасының ишиндеги затлар сақланатуғын бөлмелерди қараўыллайтуғын еди. 26Олар Иосадақтың ақлығы, Ешуаның улы Иояким, ҳәким Нехемия, улама ҳәм руўханий Эзра жасаған дәўирде хызмет етти.Ерусалим дийўалының питиўи
27Ерусалимниң жаңа дийўалларының питкенине арнап рәсим өткергенде, тәрийиплеў қосықларын айтып, кимбал, арфа ҳәм лиралар ▼▼ Лира – бармақ пенен шертилетуғын тарлы саз әсбабы.
шертип, оны қуўанышлы түрде өткериў ушын, ҳәмме жерде жасап атырған лебийлилер Ерусалимге шақыртылды. 28Қосықшылар Ерусалимниң әтирапындағы үлкелерден, нетофалылардың аўылларынан, 29Бейт-Гилгалдан ҳәм Геба менен Азмаўет жерлеринен келди. Себеби қосықшылар Ерусалим әтирапынан өзлери ушын аўыллар қурып алған еди. 30Руўханийлер менен лебийлилер дәслеп өзлерин пәклеў рәсиминен өткерди, соңынан халықты, дәрўазаларды ҳәм дийўалды пәкледи. 31Сонда мен Яҳуда басшыларын дийўалдың үстине шығардым ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын үлкен еки топарды тайынладым. Олардың биреўи дийўалдың оң тәрепи бойлап, Тезек дәрўазасына қарай жүрди. 32Олардың изинен Ҳошая ҳәм Яҳуда басшыларының ярымы, 33Азария, Эзра, Мешуллам, 34Яҳуда, Бенямин, Шемая, Еремия, 35ҳәм кәрнай шерткен бир неше руўханийлер жүрди. Олардан бири Ионатан улы Зехария болып, Ионатан Шемая улы, Шемая Маттания улы, Маттания Михая улы, Михая Заккур улы, Заккур Асаф улы еди. 36Зехарияның туўысқанлары Шемая, Азарел, Милалай, Гилалай, Маай, Нетанел, Яҳуда ҳәм Хананий Қудайдың адамы болған Даўыттың саз әсбапларына уқсаған әсбапларды шертип жүрди. Олардың алдында улама Эзра жүрди. 37Олар Булақ дәрўазасынан өтип, Даўыттың қаласының дийўалына қарай көтерилетуғын текшелер арқалы Даўыттың сарайының үстинги тәрепинен кесип өтип, шығыс тәрептеги Суў дәрўазасына қарай кетти. 38Тәрийиплеў қосықларын айтатуғын екинши топар дийўалдың үсти бойлап, шеп тәрепке қарай жүрди. Мен де халықтың ярымы менен бирге олардың изине ердим. Бизлер Тандырлар минарасынан өтип, Кең дийўалға қарай жүрдик. 39Эфрайым дәрўазасын, Ешана дәрўазасын, Балық дәрўазасын, Хананел минарасын, Жүзлик минарасын ҳәм Қой дәрўазасын басып өтип, Сақшылар дәрўазасына келип тоқтадық. 40Кейин тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еки топар Қудайдың Үйиндеги өзлериниң орнында турды. Мен де, мениң жанымда болған басшылардың ярымы да сол жерде турды. 41Руўханийлер: Эляким, Маасея, Минямин, Михая, Элйоенай, Зехария, Ханания жанымда кәрнай шертип жүрди. 42Және де, Маасея, Шемая, Элазар, Уззий, Еҳоханан, Малкия, Элам ҳәм Эзер де бар еди. Қосықшылар Израхияның басшылығында бақырып қосық айтты. 43Сол күни көп қурбанлықлар берилди. Халық шадлыққа бөленди, себеби Қудай оларға үлкен қуўаныш сыйлаған еди. Ҳаяллар да, балалар да шадлыққа бөленди, Ерусалимниң шадлығы узақ-узақларға еситилип турды. 44Сол күни берилген садақалар, дәслепки өнимлер ҳәм ҳәмме заттың оннан бири сақланатуғын бөлмелер үстинен жуўапкер адамлар хызметке қойылды. Ҳәмме яҳудалылардың руўханийлер менен лебийлилердиң хызметинен кеўли тоқ болғанлықтан, Нызам бойынша қалалардың әтирапындағы егислик жерлерден жыйналатуғын, руўханийлер менен лебийлилерге арналған үлеслер усы бөлмелерге алып келинди. 45Руўханийлер менен лебийлилер өзлериниң Қудайының хызметин ҳәм пәклеў хызметин алып барды. Қосықшылар менен дәрўаза қараўыллары да Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпеси бойынша өз хызметлерин атқарды. 46Өйткени бурыннан Даўыт пенен Асафтың дәўиринде қосықшыларға жетекши қойылған болып, Қудайға арнап алғыс-мақтаў ҳәм тәрийиплеў қосықларын айтатуғын еди. 47Зеруббабелдиң ҳәм Нехемияның заманында пүткил Израил халқы қосықшылар менен қараўылларды күнделикли азық-аўқат пенен тәмийинлеп турды. Халық лебийлилерге өз үлеслерин айырып берди, лебийлилер де Харон урпақларына, яғный руўханийлерге тийислисин ажыратып берди.
Copyright information for
KaaIBT22C